Dataset Viewer
Auto-converted to Parquet Duplicate
id
int64
4
621
text
large_stringlengths
120
8.77k
date
large_stringdate
2017-11-23 07:34:29
2018-01-13 10:27:48
url
large_stringlengths
25
27
4
Әбиў Муъин ан-Насафий Әбиў Муъин ан-Насафий раҳматуллаҳи алайҳ Насафта ҳәзирги Қарши жақынындағы Қаўшын аўылында туўылған. Ол кисиниң туўылған сәнеси ҳаққында еки түрли мағлыўмат бар. Хайруддин аз Заркалий раҳматуллаҳи алайҳ ал-Аъламда 418 ҳижрий (1027) сәнеде туўылып 508 ҳижрий (1114 мил) сәнеде қайтыс болған деген б...
2017-11-23T07:34:29+00:00
https://t.me/paziyletuz/4
6
Пайғамбарымыз Муҳаммад алайҳиссаламның балалығы ҳәм көкиреги жарылыў ўақыясы Араблардың үрп-әдети бойынша, жас нәрестелер далалық жерлерде, саҳраларда тәрбияланса, қалада өскен балаларға қарағанда денелери саламат, ақыллары кәмил ҳәм минези жақсы болады, деп Меккелилер өз перзентлерин, жайлаў ҳәм саҳраларда жасайтуғ...
2017-11-23T07:40:35+00:00
https://t.me/paziyletuz/6
12
Қураны кәриймде исми айтылған пайғамбарлар Булардың саны 25 дана болып, олар төмендегилер: 1. Адам алайҳиссалам 2. Идрис алайҳиссалам 3. Нуҳ алайҳиссалам 4. Ҳуд алайҳиссалам 5. Солиҳ алайҳиссалам 6. Ибраҳим алайҳиссалам 7. Исмайыл алайҳиссалам 8. Лут алайҳиссалам 9. Исҳақ алайҳиссалам 10. Яқуб алайҳиссалам ...
2017-11-23T17:40:51+00:00
https://t.me/paziyletuz/12
15
Жума күниниң және бир уллылығы ҳаққында Ертеңги жума күни және неси менен уллы екенин билесиз бе? Таң намазын мешитте жәмәәт пенен бирге оқылыўы менен уллы. Мына саҳиҳ ҳәдиске итибар бериң! Абдуллаҳ ибн Амр разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи: Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам айтты: «Аллаҳтың алдындағы намазларды...
2017-11-23T18:07:02+00:00
https://t.me/paziyletuz/15
26
Кеңпейилликтиң жоқары өрнеги Кеңпейиллик, кеўилдиң кеңлиги бойынша бизлерге үлкен өрнек болған кисилерден бири Саҳл ибн Убайдуллоҳ Тустарий раҳматуллаҳи алайҳ болады. Бул уламаның мажусий, яғный отқа табыныўшы бир қоңсысы болған. Ол мажусий ҳәўлисиндеги ҳәжетханасы ҳәзирети Саҳлдиң үйи тәрепке тақап салынған еди. ...
2017-11-24T05:13:55+00:00
https://t.me/paziyletuz/26
28
Рәўият қылыныўынша, Даўыт (алайҳиссалам) кешелери қала айланып жүрер екен. Бир күни қалада бир жигит пенен ушырасып қалды. Ол жигиттен: «Даўыт қандай инсан?» деп сорады. Ол жигит Даўытты (алайҳиссалам) танымастан: «Ҳәзирети Даўыт жақсы инсан, бирақ бир жаман әдети бар», дейди. Даўыт (алайҳиссалам) оныӊ бул гәпине қызығ...
2017-11-24T05:15:06+00:00
https://t.me/paziyletuz/28
29
Дыққат таңлаў: Әссәләму аләйка, Я Ҳабийбуллаҳ! Өзбекстан Мусылманлары баслығы, муфтий Усманхан Алимов ҳәзиретлери Робиъул әўўәл айында Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламға бағышлап жазылған ҳәм UZ доменинде жәрияланған (қайсы сайт болса да) дөретиўшилик ислердиң ең жақсысына сыйлық береди. Таңлаў шәрти: Исени...
2017-11-24T06:32:37+00:00
https://t.me/paziyletuz/29
31
ЕКИ ЖОЛ Көз алдыңызға келтириң, сапарға атландыңыз, алдыңыздан еки жол шықты: бириншиси жүриў қыйын болған ҳәм бийикликке созылған жол, екиншиси тегисликтеги жүриў аңсат болған жол. Биринши жолдың басында илдирилген жазыўда: «Бул жолдың басланыўы машақатлы ҳәм қыйын өтеди, бирақ ақыры рәҳәт», деп жазылған. Екинши жолд...
2017-11-24T07:04:00+00:00
https://t.me/paziyletuz/31
32
Жаңа Зеландияда Қураны кәрийм көргизбеси өткериледи Жаңа Зеландиядағы Таубу қаласы усы жылдың 24-25 ноябрь күнлери Қураны кәрийм мәнилериниң түрли тиллерге аўдармаларына бағышланған көргизбени шөлкемлестирди. Бул көргизбени өткериўден Ислам ҳәм мусылманлар туўрысында натуўры түсиниклерди жоқ етиў мақсет етилген. Ус...
2017-11-24T10:20:16+00:00
https://t.me/paziyletuz/32
33
Бухарада диний тәлим журтлары директорлары ушын семинар өткерилди 22 ноябрь күни Бухара ўәлаяты Мир араб жоқары медресесинде Өзбекстан Мусылманлары басқармасына қараслы жоқары ҳәм орта арнаўлы ислам билим журтлары директорлары арасында семинар болып өтти. Бунда диний тәлим журтларының тәлим-тәрбия ислерин және де ж...
2017-11-24T10:22:14+00:00
https://t.me/paziyletuz/33
34
Салаўат Абдураҳман ибн Әбиў Лайла айтады: «Маған Каъб ибн Ужра разыяллаҳу анҳу жолығып: «Саған Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасалламнан еситкен бир нәрсени айтайын ба?» деди. Мен: «Әлбетте, маған айт», дедим. Ол сонда былай деди: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламнан: «Я Расулуллаҳ, Аллаҳ сизге қандай сәлем айтыўымызды...
2017-11-24T16:05:32+00:00
https://t.me/paziyletuz/34
36
Мусылман алымлары дүньяға саўға еткен илимий ашылыўлар (Алгебра) Уллы әждадларымыздан бири Әл Хорезмий 800-жылларда алгебра пәнине тийкар болған “Китәб мухтәсор мин ҳисәб әл-жәбр ўәл-муқобәлә” (“Әл-жәбр ўәл-муқобәлә есабы ҳаққында қысқаша китап”) китабын жазған. Китаптың аты еки әҳмийетли алгебралық есап – әл-жәбр ўәл...
2017-11-25T02:31:38+00:00
https://t.me/paziyletuz/36
37
Дуўаның күши Доктор Ишон Ҳусайный көрсеткен хызметлери ушын халықаралық сыйлықлаў мәресимине кетип баратыр еди. Самолётқа шықты. Ҳаўа-райының жаманлығы себепли самолёт басқарыўшы самолётты жақын жердеги аеропортқа қондырыўға мәжбүр болды. Самолёт шамалы 16 сааттан кейин ушыўы мәлим болды. Буған ашыўланып, “Жыйналысқа ә...
2017-11-25T04:50:59+00:00
https://t.me/paziyletuz/37
38
Бес ўәсият Рәўият етилиўинше, Адам алайҳиссалам баласы Шис алайҳиссаламға бес нәрсени ўәсият етти. Шис алайҳиссаламға да балаларына усыларды ўәсият етиўди буйырды. Бириншиси: «Дүнья менен қәтержам болып, арқайынласып қалмасын. Себеби мен мәңги жәннет пенен қәтержам болып қалдым, Аллаҳ меннен разы болмады ҳәм жәннеттен...
2017-11-25T05:10:27+00:00
https://t.me/paziyletuz/38
41
КЕПИЛЛИК БАР МА? Жора-жолдаслар бирге сөйлесип отыр еди. Олардың арасында биреўи: - Ҳәзир Әзрейил келип: "Үш күннен кейин жаныңды аламан, таярлығыңды көребер", десе, не қылар едиңиз? - деп ортаға сораў таслады. Ҳәмме өз пикирин айта баслады: - Мен усы ўақытқа шекем қылған гүналарыма тәўбе еткен болар едим. - Күни-түн...
2017-11-26T04:49:34+00:00
https://t.me/paziyletuz/41
44
Атеист пенен болған сәўбет Жақын күнлерге шекем инсанды тәбият жаратқан, оған ақылды тәбият инам еткен, деген ахмақларша ақыйда ақылларды бәнт еткенин көрдик. Бул ақыйданы инкар еткенлер қалақ ҳәм мәдениятсыз есапланып, күлкиге қалған. Диндарларға Америкадағы ҳиндуларды қорлағандай мүнәсибетте болған. Тәбият дегенниң ө...
2017-11-26T11:36:51+00:00
https://t.me/paziyletuz/44
48
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўәсаллам айтты: “Үш нәрсе бар, мен оларды ҳақыйқат деп билемен. Ким өзине зулым қылынғанда әпиў етсе, Аллаҳ оның менен әзизликти зияда етеди. Ким өзине тиленшилик есигин ашса ҳәм оның менен мал-дүньясы көбейиўин қәлесе, Аллаҳ оған жарлылық есигин ашып қояды. Ким өзине басқаларға садақа бер...
2017-11-27T09:57:35+00:00
https://t.me/paziyletuz/48
49
Биреўди жаманлаўдың күлпети Ийса ибн Мәрьям алайҳиссалам досларына былай деди: "Егер уйқылап жатқан адамның қасына келгениңизде самал оның әўрет жерин ашып жиберсе, сизлер оның үстин жаўып қоясыз ба?". Олар: "Әлбетте", деди. Ийса алайҳиссалам: "Яқ, сизлер оның қалған жерин де ашып таслайсыз", деди. Олар: "Субҳаналлаҳ! ...
2017-11-27T09:59:05+00:00
https://t.me/paziyletuz/49
50
Жазасын алды. Ҳасан Басрый раҳматуллаҳи алайҳ рәўият етеди: "Саҳабалардан биреўи жаслықта көрген бир ҳаялды көрип, оның менен сөйлесип қалды. Кейин оның менен хошласып артына қарай-қарай кете баслады ҳәм басын жолдағы бир дийўалға урып алды. Болған ўақыяны Пайғамбар алайҳиссаламға айтып берди. Сонда Пайғамбар алайҳисса...
2017-11-27T10:00:15+00:00
https://t.me/paziyletuz/50
51
Ҳиндстанда бир жәҳил ҳаял бар еди. Өлими жақынласқанда, ол жердегилер түсинбейтуғын тилде бир нәрселерди быдырлай берипти. Балалары оның сөзине түсинбей имам Мәўлаўийди шақырып келипти. Өмиринде арабша сөйлемеген, ҳәтте намаз оқымаған бул ҳаял, сап араб тилинде "Мына еки адам маған жәннетке кир деп атыр!" деп атырған е...
2017-11-27T10:06:00+00:00
https://t.me/paziyletuz/51
53
Татарстан уламаларының қуўанышы шексиз 24 ноябрь күни журтымызға Татарстан Республикасы уламаларынан ибарат делегациясы Самарқанд ўәлаятына келди. Мәртебели мийманлар Өзбекстан Мусылманлары басқармасы баслығы орынбасары Ибраҳым Инамов пенен зыярат орынларына барды. Самарқандқа барыўы жума күнине туўры келгени мүнәси...
2017-11-27T16:30:58+00:00
https://t.me/paziyletuz/53
54
Журтымыздағы ҳәр бир мийманханада Қуран, жайнамаз ҳәм қубла көрсеткиши болады Зыярат туризмин мәмлекетимизде және де раўажландырыў мақсетинде көп ислер әмелге асырылмақта. Сондай ислердиң бири Ташкент халықаралық аэропортында намазхана шөлкемлестирилгенин келтирип өтиў орынлы. Тараўды раўажландырыў, журтымызға келип ат...
2017-11-27T16:42:22+00:00
https://t.me/paziyletuz/54
56
Рoбиъул әўўәл айын қалай өткериўимиз керек? 2017 жылдың ноябрь айының екинши ярымынан ҳижрий календарының ең әҳмийетли айларынан бири – Робиъул әўўәл айы басланады. Ислам тарийхында бул ай ең әҳмийетли ўақыя – маўлид, яғный сүйикли Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламның туўылған күни бар екени себебинен де әҳмийет...
2017-11-27T17:24:06+00:00
https://t.me/paziyletuz/56
61
Сораў. Айырым ўақытлары мешиттиң ишинде имам маруза етип атырған сөйлесип, күлисип атырған адамларды көремиз, бул ис мешитте дурыс па? Жуўап: Мешит Аллаҳтың үйи есапланады. Дала емес. Бул жердиң өзине жараса ҳүрмети бар. Бундай муқаддес дәргайға адамлар намаз оқыў, дуўа етиў, истиғфар айтыў, ҳәм соған уқсаған мақсетлер...
2017-11-28T11:09:52+00:00
https://t.me/paziyletuz/61
62
Cораў. Қуран оқылған ўақытта оны ҳүрмети ушын отырып еситиў ата-бабаларымыздан киятырған әдет, бирақ, Жума намаздан кейин айырым адамлардың турып кетип баратырғанын көремиз. Бундай қылыў дурыс па? Жуўап: Қуранның ҳүрмети, мешиттиң ҳүрмети ушын отырып еситкен мақул ис. Аллаҳ таала Қураны кәриймде: «Егер Қуран оқылса, он...
2017-11-28T11:12:40+00:00
https://t.me/paziyletuz/62
63
Адамзат тарийхында Муҳаммад алайҳиссаламдай қәўими тәрепинен сүйилген ҳәм ҳүрметленген инсан болмаған. Сөзимиздиң басында Пайғамбарымызға душпанлық қылған бир инсанның пайғамбарымыз ҳаққында айтқан сөзлерин келтирип өтемиз. Тарийх китапларында келтириледи, Урўа деген мушрик Қурайш кәпирлерине қарата усылай деген еди: «...
2017-11-28T15:04:09+00:00
https://t.me/paziyletuz/63
64
Бүгинги күнде пүткил дүнья Муҳаммад алайҳиссаламның сыпатларына ҳәм тәлиматларына қаншелли мүтәж екенлигин өткен әсирдиң уллы ақыл ийелеринен бири, белгили инглиз ойшылы ҳәм жазыўшысы Бернард Шоу: «Егер Муҳаммад пайғамбар тири болғанында, заманымыздың машқалаларын бир кесе шай үстинде шешкен болар еди», – деген сөзлерд...
2017-11-28T15:05:03+00:00
https://t.me/paziyletuz/64
65
Пайамбарымыз ҳаққындауллы немец шайыры Волфганг Гёте былай деп жазған: «Мен дүнья тарийхын оқып усындай жуўмаққа келдим, дүнья патшалары топлаған бәрше байлық, имарат ҳәм сарайлар Муҳаммад алайҳиссаламның жамаў шапанына арзымайды екен… Биз – Европа миллетлери мәдений имканиятларымыз жоқары болыўына қарамай, Муҳаммад ал...
2017-11-28T15:05:50+00:00
https://t.me/paziyletuz/65
66
Томс Карлайл тән алып айтады: «Муҳаммад (алайҳиссалам) сондай пәс халықты (арабларды) «ағартыў ҳәм илим тасыўшылар» дәрежесине көтерди: «Араб халқы ушын бул қаранғылықтан нурға шығыў еди. Солай етип араблар биринши мәрте басқалар көз алдында жанланды. Дүнья жаралғалы бери көзге тасланбай, өз саҳрасында ызғып жүрген кәм...
2017-11-28T15:06:26+00:00
https://t.me/paziyletuz/66
67
Белгили философ Шобел былай дейди: «Муҳаммад алайҳиссаламның адам баласы болғаны пүткил адамзатқа үлкен мақтаныш. Себеби, ол оқыў-жазыўды билмеген болса да, он төрт әсир алдын усындай нызам ҳәм тийкарларды келтирди, биз европалылар еки мың жылдан кейин олардың қәдирин ҳәм ҳақыйқатын аңлап жетсек, ең бахытлы әўладлар бо...
2017-11-28T15:07:26+00:00
https://t.me/paziyletuz/67
68
Америкалы тарийхшы алым Мишел Ҳарт былай дейди: «Дүньядағы тәсири ең күшли адамлар дизиминиң басына Муҳаммад алайҳиссаламды жазып қойсам, бәлким, айырым ықласбентлерим ҳайран қалар? Ал, айырымлар, буны басқаша түсинер? Не болғанда да, ол дүнья ҳәм дин тараўындағы нәтийжели ислери менен тарийх саҳнасындағы әне сол итиба...
2017-11-28T15:09:57+00:00
https://t.me/paziyletuz/68
69
Оксфорд универститетиниң профессоры Вильям Монтгомери: «Муҳаммад алайҳиссаламның жеңислери оның уллылығына дәлил. Бундай дәрежеге ерискен басқа адам Батыста белгили емес. Оны сыйқыршылықта айыплаў өз мақсетине ерисе алмай, илажсыз қалған адамның иси».
2017-11-28T15:10:28+00:00
https://t.me/paziyletuz/69
70
1974-жылы 15-июлдағы «Тайм» ҳәптелик журналында ҳәр түрли тарийхшы, әскерий, бизнесменлер ҳәм басқа кәсип ўәкиллериниң «Тарийхтың уллы тулғалары» темасында додалаў мақалалары орын алған. Гейбиреўлер усындай адам деп Гитлерди, басқалар Гандиди, Будданы, Линкольнды ҳәм басқаларды есапалаған. Соның менен бирге, америкалы ...
2017-11-28T15:15:09+00:00
https://t.me/paziyletuz/70
75
Россия ҳәм Францияда сақланып атырған Қуран қолжазбаларының нусқалары Өзбекстанға тапсырылды 28 ноябрь күни Ташкентте «Заманлар кесилиспеси: өтмиштиң уллы мийрасы– мәрипатлы келешек тийкары» темасындағы Халықаралық медиа-форум өз исин баслады. Медиа-форумда «Үлкен Лангар Қураны», «Дийўаны Ҳусайний», «Пәклик бағы», «Ти...
2017-11-29T03:53:19+00:00
https://t.me/paziyletuz/75
76
сораў. Намазда турып жан-жаққа қараў, жоқарыға қараў намазды бузады ма яки оның зыяны жоқ па? Жуўап: Имам Муслим рәўият еткен: «Адамлар намаз ўақтында аспанға қараўдан тоқтайды яки олардың көзлери өзлерине қайтпайды», делинген. Намаз ўақтында аспанға қараў намаз оқыўшының хузуъын бузады, намаз оқыўшының ойына түрли пик...
2017-11-29T04:04:16+00:00
https://t.me/paziyletuz/76
77
Cораў Жумыстан кеш қайтқан күнлерим қуптан намазды оқып атырып мүлгип кетемен. Намазды уйқысырап отырып оқыйман. Буның зыяны жоқ па? Жуўап: Ҳәдиси шәрийфте: «Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «қашан биреўиңиз намазда мүлгип қалса, онда ол адам өзинен уйқы басылғанша уйқылап алсын. Егер биреўиңиз мүлгип турғанда нам...
2017-11-29T04:13:29+00:00
https://t.me/paziyletuz/77
78
Муҳаммад алайҳиссалам туўылмастан алдынғы пүткил дүньяның жағдайы Аллаҳ таала Қуръаны кәримде жәҳлият дәўири ҳаққында былай хабар береди: «Адамлар өзлери қылған ислери себепли қырда да, теңизде де (түрли) апат бәлелер жүз берди» (Рум сүреси, 21-аят). Муфассирлер бул аятқа кеңирек түсиник берип былай дейди, араб мүшрик...
2017-11-29T04:21:12+00:00
https://t.me/paziyletuz/78
79
Қысқа қылып айтатуғын болсақ, Ислам дини келместен алдын жер жүзинде саў тәбиятлы адамлар, пазыйлет ҳәм әдеп-икрамлылық негизлерине қурылған жәмийет, меҳир-мүриўбет ҳәм әдалатқа тийкарланған ҳүкимет, илим ҳәм ҳикметке қурылған мәмлекет, пайғамбарлардан мийрас қалдырылған туўры дин жоқ еди. Жер жүзин қараңғылық ийелеген...
2017-11-29T04:21:27+00:00
https://t.me/paziyletuz/79
81
Ҳаялдың өз күйеўине тәсири Ҳасан Басрый раҳматуллаҳи алайҳ рәўият еткен: Мәккәға барғанымда бир кийим сатыўшының алдынан өттим, оннан кийим сатып алажақ едим, қарасам ол тынбай сатып атырған кийимлерин мақтап ант ишип атыр екен. Оннан бир аз узақластым, бундайлардан алмаған абзал деп, кийимди басқа адамнан сатып алдым...
2017-11-29T16:17:47+00:00
https://t.me/paziyletuz/81
84
Ҳаж ҳәм Умрада селфи Индонезияның «The Jakarta Post» ҳәм Туркияның «haber7» баспаларының хабар бериўинше, Саудия Арабстаны ҳүкимети Еки муқаддес қала (Мәккә ҳәм Мадина)да фотоға ҳәм видеоға алыўды қадаған етиўге қарар қылды. Соңғы ўақытлары Ҳаж ҳәм Умра зыяраты ўақтында зыяратшылардың ибадат орнына селфи түсип социал ...
2017-11-30T05:33:56+00:00
https://t.me/paziyletuz/84
85
Сораў: Әссәләму аләйкум. Қарын менен жатып уйқылаўға болмай ма? Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Қарын менен уйқылаў, сүннетке терис ис. Уйқылағанда оң тәрепке қарап жатыў, оң қолды жүздиң астына қойып жатыў сүннет әмел. @paziyletuz
2017-11-30T06:12:48+00:00
https://t.me/paziyletuz/85
87
Сораў: Азанда оқыўға асығып баратыр едим. Жолда бир адам менен садақа сорады. Мен оған бережақ едим, бирақ ойымнан: ҳәзир пул берсем, арақ алып ишеди, көриниси сондай адамға уқсайды, деген пикир өтип, кейин садақа бермей кетип қалдым. Оқыўдан қайтып киятырсам ол адамның қайтыс болып қалғанын ушыраттым. Расын айтқанымда...
2017-11-30T06:31:05+00:00
https://t.me/paziyletuz/87
88
Сораў: Жүк тасыўға мөлшерленген машиналардан (камаз, исузи, ЗИЛ, лабо) зәкат бериле ме? Жуўап: Сатыў ушын қойылған болса бериледи. Оны айдап жумыс ислеп жүрген болса берилмейди. Оннан табылған дәрамат нысапқа жетсе, соннан бериледи. @paziyletuz
2017-11-30T06:52:00+00:00
https://t.me/paziyletuz/88
89
Өзбекстан мусылманлары басқармасына қараслы диний тәлим журтларында пуллы оқыў курсларын шөлкемлестириў Өзбекстан мусылманлары басқармасының 2017 жыл 13 ноябрдағы 01А/113-санлы буйрығына тийкарланып басқармаға қараслы диний тәлим журтларында 2017-2018 усы жылы 1 декабрдан баслап “Қураны кәрийм ҳәм тәжўийд” ҳәм де “Ара...
2017-11-30T16:12:00+00:00
https://t.me/paziyletuz/89
91
Умар разыяллаҳу анҳудиң әдиллиги Бир күни базарда садақа сорап атырған жасы үлкен адамды көрди ҳәм оған: «Ҳәй ғарры, не қылып атырсаң?» деп сорады. Ғарры: «Мен қартайған адамман, жизя (салық түри) ҳәм напақа сорап атырман», деди. Ол Мадина халқынан болған яҳудий еди. Умар разияллаҳу анҳу уллы инсаный қәсийет ийеси еди....
2017-11-30T17:42:30+00:00
https://t.me/paziyletuz/91
94
1-декабрь күни Нөкис қаласында жайласқан «Имам ийшан Муҳаммад» мешитинде жума намазынан алдын Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам мәўлидлери мүнәсибети менен Имам Барзанжий раҳматуллаҳи алайҳ тәрепинен пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламға арнап жазылған мәўлид оқылады.
2017-11-30T18:04:44+00:00
https://t.me/paziyletuz/94
95
Мусылман алымлары дүньяға саўға еткен илимий ашылыўлар (Операция әнжамлары) Көплеген операция әнжамлары: скальпел, операция пышқысы, қысқыш, жиңишке қайшыларды мусылман докторлары ал-Заҳраўий (al-Zahrawi) ойлап тапқан. Майда ҳайўанлардың ишеклеринен операция әмелиятынан кейин инсанның ишки органларын тигиўде қолланы...
2017-11-30T18:18:00+00:00
https://t.me/paziyletuz/95
97
Сораў: Ассалому алайкум.килаётган ишларингизга ОЛЛОХ барака берсин .бир саволим бор еди мен бозорда савдо киламан.купинча одамлар таварни кимматрок булса хам булиб булиб тулашга сурайди.шунда биз накдга арзон.карзга киммат сотсак буладими бу судхорлик эмасми .жавоб учун олдиндан рахмат Жуўап: Ўа аләйкум әссәләм. Нәсияғ...
2017-12-01T05:13:45+00:00
https://t.me/paziyletuz/97
98
ТАҲАРАТ Ислам дини қәлб тазалығы менен биргеликте дене тазалығына да итибар беретуғын дин. Пайғамбарымыз бизге былай деп айтқан: «Қолыңыздан кегенше таза жүриӊ, себеби Аллаҳ таала Ислам динин тазалық үстине қурды. Жәннетке де тек таза болғанлар киреди» («Жамиъус-сағийр», 1-бөлим, 133-бет). Аллаҳ таала Қураны кәриймниӊ ...
2017-12-01T06:31:05+00:00
https://t.me/paziyletuz/98
99
Сораў: Assalawma a'leykum! Sheyx Muxammed Sadiq Muxammed Yusuf ha'zretinin' kitaplarin Qaraqalpaqstan Respublikasinin' qay jerlerinen tawip satip alsaq boladi? juwap ushin aldinnan raxmet!! Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуфтың китапларын диний китаплар сатылатуғын дүканлардан алсаңыз болады. ...
2017-12-01T09:45:32+00:00
https://t.me/paziyletuz/99
100
Cораў: Ассалаума алейкум ! Сизге сорауым бар еди. Намаз окыйтын кыз бала орамал тагып журиуи шартпе ?? Жуўап: Ҳаял-қызлар балағатқа жеткеннен баслап әўрет жерлерин жаўып жүриўи лазым болады. Намаздың дурыс болыўы ушын оның алты шәрти бар, солардан биреўи әўреттиң жабық болыўы, егер әўрет жерлерин жаўатуғындай кийимлер...
2017-12-02T14:04:32+00:00
https://t.me/paziyletuz/100
101
Кәмиллик дегенимиз меҳир-мириўбет, туўрылық, ҳүждан, ар-намыс, мақтаныш, ерк-ықрар киби көплеген сап инсаный сыпат ҳәм пазыйлетлер соның менен бирге әдеплер жыйнағы. Сондай екен биз қулқымызды жақсы әдеплер менен безеўимиз керек. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам бир ҳадислеринде: “Қулқы жақсы болған мусылман ...
2017-12-02T14:14:00+00:00
https://t.me/paziyletuz/101
102
Ислам әдеплери дегенде адам баласын зийнетлеп туратуғын, ҳәр бир мусылманды шырайлы минез-қулық ийесине айландыратуғын әдеплер жыймасын түсенемиз. “Канзул умма” китабында “Ислам-гөззал әдеп” – деп тәрийплениўиниң өзи-ақ жас әўладты шырайлы әдеп ийеси етип камалға жеткериў болған ислам әдебиниң бас өлшемин тастыйықлап...
2017-12-02T14:17:32+00:00
https://t.me/paziyletuz/102
106
Сәлемлесиў ҳаққында Сәлем сөзи Аллаҳ тааланың исимлеринен бири болып «Әссәләму аләйкум» деп айтылып, «Сизге ҳәм сизиң шаңарағыңызға, жақынларыңызға, ийниңиздеги периштелерге Аллаҳ тааланың саламатлығы, тынышлығы, аманлығы болсын» - деген мазмунды билдиреди. «Бийтаныс адам менен көрисип, таныспақшы болсаңыз сәлем бери...
2017-12-03T04:54:12+00:00
https://t.me/paziyletuz/106
108
Сәлемлесиў ҳаққында Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўасаллам Меккеден Мадинаға көшип өткенде «Афшус сәләәмә бәйнәкум» сөзин енгизди. Себеби, сол гезде Мадинада еки араб қәўими жасайтуғын болып, олар тез-тезден өз-ара урысып турар еди, сонда Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам оларды бир ғана сөз бенен жарастырып...
2017-12-03T04:59:35+00:00
https://t.me/paziyletuz/108
109
Сәлемлесиў ҳаққында - Биринши болып сәлем бергенлер Аллаҳ тааланың алдында жақсы адамлар есапланады. - Жас кишилер жасы үлкенлерге, жүрип киятырғанлар отырғанларға, азшылық көпшиликке сәлем береди. -Шаңараққа сәлем берип кирип кел. Сонда саған да, оларға да берекет болады. -Ушырасқанда сорасыўдың ең кәмили қол берип к...
2017-12-03T05:01:46+00:00
https://t.me/paziyletuz/109
110
Сәлемлесиў ҳаққында Сәлем бериўдиң өзине тән өзгешелиги бар. Бул ҳаққында сондай рәўият қылынады: «Мешитке киргенде: «Әссәләму алә Росулилләҳ» («Расулуллаҳға сәлем болсын»), деп, өз үйиңе киргенде: «Әссәләму аләйкум» («Сизлерге сәлем болсын»), деп, ҳеш ким жоқ жерге барғаныңда: «Әссәләму аләйнәә ўә алә ибәдилләҳис сол...
2017-12-03T06:45:13+00:00
https://t.me/paziyletuz/110
112
Ҳеш ким итибардан шетте емес. Бүгинги күни пүткил дүнья халқының 1 миллиардтан артығында, яғный жети адамнан кеминде биреўи белгили бир түрдеги нәгиранлығы бар болып, бәрше нәгиранлардың 100 миллионнан артығын өспиримлер қурайды. Ҳәр жылы 3 декабрь сәнесинде нәгиранлығы болған шахслар күниниң нышанланыўынан тийкарғы ма...
2017-12-03T11:40:20+00:00
https://t.me/paziyletuz/112
113
Медреседе мәўлид өткерилди Неше әсирлерден бери, журтымызда Пайғамбарымыз Муҳаммад мустафа саллаллаҳу алайҳи ўасалламның мүбәрек мәўлид күни айрықша ҳүрмет пенен күтип алынып, мәўлид дастурханы жайылады. Усындай мәўлидлерден бири қаламыздағы Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журтында болып өтти. Би...
2017-12-03T12:29:37+00:00
https://t.me/paziyletuz/113
120
Сәлемлесиў ҳаққында Илажы болса сәлемди толық айтыў керек. Яғный «Әссәләму аләйкум» ямаса илажы және де толықтырып «Әссәләму аләйкум ўа роҳмәтуллоҳи ўә бәрокәтуҳ», деп сәлем бериў керек. Себеби, Пайғамбарымыз саллалаҳу алайҳи ўасаллам ҳәдиси шәрийфлеринде: «Бир адам келип: - «Әссәләму аләйкум», деп Пайғамбарымыз саллал...
2017-12-03T13:42:40+00:00
https://t.me/paziyletuz/120
121
Сораў: Assalomu Alaykum. Ustozlar!Men tahoratta farz bo'lgan azolarimni yuvayotganimda ko'mlim to'lmaydi.Yani ko'proq yuvaman.Ayniqsa oyogimni yuvayotganimda ishqalab yuvaveraman.korib tursamham.Hattoki suv isrof boladi.Maslahat bering.Bu g'uluv ketishga kirib qolmaydimi?Ancha yillardan buyon shunday.Javibingiz uchun o...
2017-12-03T13:49:42+00:00
https://t.me/paziyletuz/121
125
Пайғамбарымыз ҳәм Пайғамбарлар атларының мәнилери Аллаҳ таала Қураны кәриймде былай деген: «Муҳаммад Аллаҳтың елшиси». (Фатҳ сүреси, 29-аят) Жоқарыдағы аятта Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасалламның исимлери де, ўазыйпалары да айтып өтилген. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасалламның атқарған исиниң жоқары екенин баян етиўде, мүб...
2017-12-03T17:22:33+00:00
https://t.me/paziyletuz/125
126
Cәлемлесиў әдеби ҳаққында (даўамы…) Әлик алыў да сәлемге жараса шырайлы ҳәм толық болса мақсетке муўапық. Егер сизге «Әссәләму аләйкум ўә роҳмәтуллоҳи ўә бәрокәтуҳ», деп сәлем берсе, сиз де бул сөзлерди толық тәкирарлап сәлемлесесиз ямаса қысқа етип «Ўә аләйкум», деп қойыўыңыз да мүмкин. Себеби бул жуўабыңыз: «Маған қа...
2017-12-03T18:39:02+00:00
https://t.me/paziyletuz/126
127
Сәлемлесиў әдеби ҳаққында Ҳәр қандай көликтеги адам пиядаға, пияда отырғанға, азшылық көпшиликке, жоқары лаўазымдағы адам төменирек лаўазымдағы адамға биринши болып сәлем береди. Көпшилик отырған жерге кирип барған адам, бир адамға емес ҳәммеге сәлем береди, бирақ отырғанлардың ишинен бир адам әлик алса жеткиликли бол...
2017-12-03T19:09:34+00:00
https://t.me/paziyletuz/127
128
Жалғыз жасаў Бүгинги заман алымларының изертлеўлеринше ҳәммеден ажыралып, жалғыз жасаған қумырсқа тез өлип кетеди екен. Жәнликлер әлеминде бөлинип, жалғыз жасаў кеселлик есапланады. Ҳәттеки инсаныят әлеминде де үзлетте, яғный адамлардан ажыралып жасаған адам, егер ол күшли руўхыятқа ийе болмаса, хор ҳәм зар жасап, тез ...
2017-12-03T19:33:31+00:00
https://t.me/paziyletuz/128
130
Аллаҳтың исимлери Аъроф сүресиниң 180-аятында: «Аллаҳтың гөззал исимлери бар, олар менен дуўа етиң», делинген. Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Аллаҳ тааланың тоқсан тоғыз – бир кем жүз исими бар. Ким оларды санаса, жәннетке киреди. Аллаҳ тақ ҳәм тақты жақсы көред...
2017-12-04T03:48:04+00:00
https://t.me/paziyletuz/130
131
Сәлемлесиў әдеби ҳаққында Сәлем әлик алыў мақул болмаған орынларда сәлем бериў макруҳ саналады. Куран оқып атырғанға, намаз оқып атырғанға, азан ямаса тәкбир айтып атырғанға, моншада жуўынып атырған адамға, ҳәжетханада отырғанға, аўзында тағамы бар адамға, уйқылап атырғанға, дуўа, хутба оқып атырғанға, ҳажда «Ләббәйкә»...
2017-12-04T04:20:17+00:00
https://t.me/paziyletuz/131
132
Сораў: Ассалому алайкум устозлар саволим куйидагича.Тамаки махсулотларини сотиш тугрисида тушунтириб беринг.Жавоб учун олдиндан рахмат! Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм! Бундай нәрселерден пайдаланыў инсанның өмирине, ден-саўлығына зыян екени ҳәммеге мәлим. Адамлардың ден-саўлығына зыян нәрселерди сатыўдан шәриятымыз қайтарад...
2017-12-04T06:42:42+00:00
https://t.me/paziyletuz/132
134
БАЙРАМ МҮНӘСИБЕТИ МЕНЕН МҮНӘСИП СЫЙЛЫҚЛАНДЫ. Быйыл Ѳзбекистан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигине 25 жыл толады. Конституциямыз қабыл етилгенлиги мүнәсибети менен мәмлекетимиз ғәрезсизлигин беккемлеў, журтымызда ҳүким сүрип турған тынышлық ҳәм турақлылықты, миллетлераралық дослық ҳәм татыўлықты асраў, тийк...
2017-12-05T03:14:57+00:00
https://t.me/paziyletuz/134
138
Cөйлеў әдеби ҳаққында Аллаҳ таала Қоф сүресиниң 17-18 - аятларында былай деп мәрҳәмат қылады: «(Адамның) оң ҳәм шеп (тәреплерин)де отырған еки (периште олардың әмеллерин) қабыл қылып турады (жазып турады). Бир сөз айтылса, әлбетте (сол периштелер) оның алдында таяр турыўшы ҳәм гүзетиўши болып турады». Бул аяты кәриймад...
2017-12-05T04:24:55+00:00
https://t.me/paziyletuz/138
140
Диний басқарма Оксфорд ислам изертлеў орайы менен меморандумға қол қойды 3 декабрь күни Оксфорд ислам изертлеў орайы баслығы доктор Фархан Нызамый басшылығындағы делегация диний басқармаға келди. Мийманларды Өзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы, муфтий Усманхан Алимов ҳәзиретлери, Дин ислери бойынша комитет баслы...
2017-12-05T06:23:21+00:00
https://t.me/paziyletuz/140
141
Cөйлеў әдеби ҳаққында Ҳәр қандай сөздиң өз орны, әҳмийети, салмағы болғанлықтан сөйлеў әдебине үлкен итибар бериўимиз керек. Себеби, инсан бир сөз бенен мөмин болып, бир сөз бенен ийманнан шығады. Буны ҳәммемиз билемиз. Некеден өтиўде келин-күйеў бир аўыз сөз бенен ерли-зайыплыға айланады. Сондай-ақ, бир ғана «талақ» с...
2017-12-05T06:30:30+00:00
https://t.me/paziyletuz/141
142
Cөйлеў әдеби ҳаққында Абдуллаҳ Сақофий айтады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламнан: “Мен ушын неден көбирек қәўипленесиз?», - деп сорасам, тилин көрсетип: «Мине мынадан», - деди». Жабир разыяллаҳу анҳу рәўият қылады: Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам айтты: “Қашан адам бир гәпти айтып болып, әтирапқа алаңласа сол ...
2017-12-05T06:34:15+00:00
https://t.me/paziyletuz/142
143
Индонезия Президентиниң дин ислери бойынша мәсләҳәтшиси журтымызға келди 2017 жыл 3 декабрь күни Самарқанд қаласында журтымызда мийман болып турған Доктор Насриддин Умар басшылығындағы Индонезия делегациясы менен Самарқанд ўәлаяты ўәкиллери арасында зыярат туризмин жолға қойыў ҳәм раўажландырыў бойынша сөйлесиўлер болы...
2017-12-05T06:54:38+00:00
https://t.me/paziyletuz/143
146
Сораў: Әссәләму алайкум. Қыз балалар ушын қандай мәнили исмлерди қойыўды усыныс етесиз. Өзбекше китапларды оқып көргенимизде Оиша, Хадича сыяқлы сулыў исмлер бар екен. Бирақ, бул исмлерди қарақалпақша қайтып қойсақ туўры болады? Ер балалардын исмлерин қойыўда да усындай екилениўлер бар. Жуўап ушын алдыннан рахмет. Жуўа...
2017-12-05T07:17:19+00:00
https://t.me/paziyletuz/146
147
Сораў: Әссәләму алайкум. Зинадан туўылған перзент өзиниң туўылыўына себепши болған ер ҳәм ҳәйелге қандай мүнәсибетте болыўы керек? Жуўап: Перзент ата-анасына мудамы жақсы мүнәсибетте болыўы керек ҳәттеки ата-анасы кәпир болған жағдайда да. Бир күни Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳу Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламға...
2017-12-05T07:44:58+00:00
https://t.me/paziyletuz/147
149
Сораў: Әссәләму алайкум. Сизлерге төмендегише саўалым бар еди. Бир адамның бир неше жыллық фарз қаза рузалары бар болса, ол усы оразалары ушын қалайынша нийет қылыўы дурыс болады? Өтиниш, бул жөнинде толығырақ мағлыўмат берсеңиз. Жуўабыңыз ушын алдыннан рахмет. Жуўап: Бир бастан қаза деп нийет етип тутып барылады. Рама...
2017-12-05T08:34:13+00:00
https://t.me/paziyletuz/149
152
Сораў: Assalawma aleykum! 1)Nas suresinde kelgen ins ham jin shaytanlar degen jerinde, ins shaytanlar degenine tu’sinbedim. 2) Jinler qaytis boladima? Sorawlarimda qatelikler bolsa keshirersiz. Жуўап: 1. «Нас» – адамлар дегени. Бул сүреде инсанлар ҳәм жинлердиң жаўызлары, яғный шайтанларынан аман болыў ушын Аллаҳтан п...
2017-12-05T12:56:28+00:00
https://t.me/paziyletuz/152
154
Сораў: Әссәләму алайкум. Халқымыз абаданлығы жолындағы барлық ийгиликли ислериңизге табыслар тилеймен. Мениң Сизлерге бир усынысым бар еди. Мәлим болғанындай, Ислам дини пәк дин. Ол адамларды татыўлыққа, туўрылыққа, биреўлердиң ҳақына көз алайттырмаўға ҳәм басқа да бизлер билмеген көп жақсылықларға шақырады. Ислам дини...
2017-12-06T01:48:04+00:00
https://t.me/paziyletuz/154
156
Илим ҳәм кәсип-өнер ҳаққында Динимиз инсаниятты ҳәмме ўақытта илим алыўға шақырған. Ҳәдиси шәрийфте: «Бесиктен қәбирге шекем илим изле!», делинген. Соныңдай-ақ, динимизде илим, өнер үйрениўди талап қылыў жәннеттиң жолы екенлиги де айтылған. Ҳәдиси шәрийфте: «Ким илим талап қылыў жолына түссе, Аллаҳ оған жәннеттиң жолын...
2017-12-06T02:34:35+00:00
https://t.me/paziyletuz/156
157
Умар разыяллаҳу анҳудиң әдиллиги Мадинаға саўдагерлер кәрўаны келди. Кәрўанда ҳаяллар ҳәм балалар да бар еди. Умар разияллаҳу анҳу Абдураҳман ибн Аўф разияллаҳу анҳуға: «Бул түн оларға қорықшылық қыласыз ба?» деди. Олар кәрўанды қорықлап түни менен турды. Аллаҳ парыз еткен намазларды оқыды. Қорықшылық ўақтында Умар раз...
2017-12-06T03:16:17+00:00
https://t.me/paziyletuz/157
158
Сүннет не? Сүннетти үйрениўден әўел «Сүннет» сөзи не екенин билип алыў керек. Сүннет ҳәм ҳәдис бир-бириниң орнында ислетилип келинген сөзлер. Оларға және де дыққат қылсақ, ҳәдис арнаўлы мәниде, Сүннет улыўмарақ екени билинеди. «Ҳәдис» арап тилинде «гәп-сөз» мәнисин аңлатады. Демек, ҳәдис дегенде Пайғамбар саллаллаҳу а...
2017-12-06T06:37:59+00:00
https://t.me/paziyletuz/158
159
Аиша разыяллаҳу анҳадан рәўият етиледи: Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: “Ким күн бойы жумыстан, мийнеттен шаршап, кеште ҳадал мийнеттиң шаршаўы менен жатса таң намазға шекем Аллаҳ оның гүнасын кеширеди”, деди. Ҳадал мийнеттиң пазыйлети, ҳадал кәсиптиң шарапаты гүналардың кеширилиўине себеп болады, ибадатларды...
2017-12-06T11:50:31+00:00
https://t.me/paziyletuz/159
165
Илим алыўдың және бир пазыйлети оның өткен гүналарға каффарат болыўы есапланады. Ҳәдиси шәрийфте: «Ким илим үйрениўге кириссе, өткен гүналарына каффарат болады», делинген.
2017-12-07T07:21:03+00:00
https://t.me/paziyletuz/165
167
Шәриятта ҳәтте илим, өнер үйрениў ибадат қылыўдан да үстин қойылған. Бул ҳаққында да ҳәдиси шәрийфте: «Бир шәриятты билетуғын алым шайтан ушын мың ибадатлы адамнан да жаманырақ есапланады», делинген. Бул ҳәдиси шәрийфте диний илими бар адамның қәншелли уллы дәрежеси бар екенлиги айтылмақта. Себеби диний илими бар адамд...
2017-12-07T07:23:51+00:00
https://t.me/paziyletuz/167
168
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламға еки адам ҳаққында айтылды, сонда Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Илимлиниң ибадатлыдан абзаллығы мениң сизлерден ең кишиңизден абзаллығымдай болады», деди. Кейин Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Әлбетте, Аллаҳ, Оның периштелери, аспанлар ҳәм жердегилер, ҳәтте, уясынд...
2017-12-07T07:24:46+00:00
https://t.me/paziyletuz/168
170
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам айтты: "Мына еки пазыйлеттен де үстинирек нәрсе жоқ: Аллаҳға ийман келтириў, мусылманларға пайда келтириў. Мына еки иллеттен де жаманырақ нәрсе жоқ: Аллаҳға ширк келтириў, мусылманларға зыян бериў". @paziyletuz
2017-12-07T10:02:45+00:00
https://t.me/paziyletuz/170
171
Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўасаллам айтты: "Алымлардың сәўбетинен айырылмаң, ҳикмет ийелериниң сөзлерин тыңлаң. Өйткени Аллаҳ таала өли топырақты жаўын суўы менен тирилткени киби өли қәлблерди ҳикмет нуры менен тирилтеди". @paziyletuz
2017-12-07T10:06:59+00:00
https://t.me/paziyletuz/171
172
Ҳәзирети Әбиў Бәкир разыяллаҳу анҳу айтады: "Азықсыз қәбирге кирген адам, кемесиз теңизге шыққан адам киби". @paziyletuz
2017-12-07T10:14:14+00:00
https://t.me/paziyletuz/172
173
Муҳаммад ибн Аҳмад ал Беруний орта арнаўлы ислам билим журтында Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламның мәўлидине бағышлап сийрат бойынша жарыс өткерилмекте. @paziyletuz
2017-12-07T11:35:17+00:00
https://t.me/paziyletuz/173
End of preview. Expand in Data Studio

Paziylet Dataset V1

Posts from the @paziyletuz Telegram channel in the Karakalpak language.

Columns

Column Type Description
id int Original message ID from @paziyletuz channel
text string Post text (social media footer stripped)
date string Original post date (ISO 8601)
url string Direct link to the Telegram post

Usage

from datasets import load_dataset

ds = load_dataset("kaa-ml/paziylet-dataset-v1", split="train")

Source

Data collected from the @paziyletuz Telegram channel via manual forwarding to a bot.

Last updated: 2026-08-12

Downloads last month
-